Қарақалпақстан Республикасы Cанитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 25-июльдеги «Коронавирус пандемиясын жумсартыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳәм саламатлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, 27-июльдеги «Өзбекстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында өз жумысын 2020-жылдың декабрь айынан қайта шөлкемлестирилип, бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.
Биз басқарма ҳәм оның район (қала)лық аймақлық бөлимлериниң усы дәўирдеги жумыслары ҳәм ҳәзирги эпидемиологиялық жағдай туўралы басқарма баслығы Б.Қутлымуратов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Баҳадыр Бахытбаевич, басқарманың қайта шөлкемлестирилгенли берли әмелге асырған жумысларына қысқаша тоқтап өтсеңиз.
– Кейинги үш жыл даўамында басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында бир қатар жумыслар исленди.
Атап айтқанда, 2018-жылы басқармаға 3 қабатлы, 2019-жылы инвестициялық бағдарламалар тийкарында Қанлыкөл ҳәм Мойнақ районлық бөлимлерине 2 қабатлы жаңа имарат қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Басқа аймақлық бөлим имаратларына соңғы үш жылда жергиликли бюджетлердиң есабынан жәми 3,5 миллиард сумлық қаржы ажратылып, ҳәр қыйлы оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
Соның менен бирге, 2022-жыл 13-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалар тийкарында жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте санитариялық-эпидемиологиялық хызметке қараслы қала ҳәм районлық бөлимлерди модернизациялаў, халықаралық стандартлар ҳәм әмелиятларға муўапық техникалық базасын раўажландырыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таярланды.
Ислам Раўажландырыў Банки есабынан санитария-гигиена лаботорияларына 18 түрдеги 99 әсбап-үскене шәртнама бойынша сатып алынды.
Лабораториялардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мақсетинде химиялық реактив, диагностикум ҳәм азықлық орталықлардан тысқары стерилизатор, кептириў шкафлары, дистиллятор миницентрифуга автоклав, инсинератор, термостат, центрифуга, микроскоплар сатып алынды. Лабораториялар зәрүр мебель, кондиционер, компьютер, ноутбук ва принтерлер менен тәмийинленди.
Буннан басқа, Өзбекстан Республикасы Қаржы Министрлиги жанындағы фондтың қәрежетлери есабынан транспорт қураллары (2 Нексия ҳәм 7 Дамас автомобильлери) менен тәмийинленди. Ҳәзирги ўақытта бөлимлеримиз эпидемияға қарсы гүресиў, санитариялық-гигиеналық илажларды алып барыў ушын жетерли дәрежеде автотранспорт пенен тәмийинленген.
ЮНИСЕФ халықаралық шөлкеми тәрепиен 17 вакцина тасыўға арналған автотранспорт ҳәм 1 авторефрижератор, 2 жеңил автотранспорт берилди.
- Ҳәр қандай тараўда кадрлардың тутқан орны айрықша. Басқармада маман қәнигелерди жетилистириў, олардың билимин, маманлығын арттырыў бойынша қандай жумыслар исленип атыр?
– Соңғы 5 жылда жоқары медициналық билим бериў орайларынан 245 жас кадр санитариялық-эпидемиологиялық хызметке жумысқа қабыл етилди. Соннан 2021-2022-жылларда 85 питкериўши аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық хәм жәмийет саламатлығы бөлимлерине жумысқа алынды.
Ҳәзирги күнде кадрлар менен тәмийинлениў дәрежеси 100 процентти қурайды.
Ташкент медицина хызметкерлериниң кәсиплик тәжирийбесин раўажландырыў орайындағы Гигиена, Эпидемиология, Микробиология кафедраларында быйыл болып өтетуғын циклларға жолламалар хызметкерлерге толық тарқатылып, қәнигелердиң билимин жетилистириў жумыслары даўам етпекте.
Быйыл усы орайда жоқары мағлыўматлы медицина хызметкерлеримиз улыўма гигиена, эпидемиология, радиология ҳәм бактериология тараўлары бойынша басланғыш қәнигелестириў курсларында оқытылды. Буннан басқа, жоқары ҳәм орта медицина хызметкерлери ҳәр қыйлы бағдарларда on-line ҳәм off-line билимин жетилистириў курсларында оқытылды. Усы жылдың ноябрь айында Эпидемиология курсы бойынша жәми 31 қәнигеге онлайн режиминде оқыў шөлкемлестирилип, билими жетилистирилди.
Жуқпалы кеселликлерди қозғалтыўшыларды анықлаў ҳәм қоршаған орталықтың санитариялық-гигиеналық жағдайын лабораториялық шараятта баҳалаў бойынша басқармамызда вирусология, бактериология, радиология, санитария-гигиена, паразитология, жүдә қәўипли кеселликлер лабораториялары жумыс алып барады.
Хәзирги күнде, экспорт өнимлери номенклатурасын көбейтиў, халықаралық тән алынған лабораториялар ҳәм оларда өткерилетуғын анализлердиң көлемин кеңейтиў, исбилерменлик ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде басқармамыз қурамындағы сынаў лабораторияларында азық-аўқат өнимлериниң қурамындағы генмодификацияланған организмлерди тексериў, витаминлер, антибиотиклерге сынаў өткериў ушын аккредитация шеңберин кеңейтиў ҳәм халықаралық аккредитациядан өтиўи бойынша илажлар әмелге асырылмақта.
Ташкент медицина академиясы жанындағы СDС шөлкеми менен биргеликте 2021-жылы «Эпидемиология тийкарларын оқытыў» бойынша шөлкемлестирилген курста 2 врач-эпидемиолог 3 айлық онлайн билимин жетилистириў курсында оқытылып, Frontline FETR (Әмелий эпидемиологияның базалық программасы) сертификатына ийе болды.
Европаның жуқпалы кеселликлерди үйрениў тараўындағы илимий-изертлеў мәкемеси Роберт Кох институты ҳәм «Шарите» клиникасының қәнигелери менен тығыз өз-ара бирге ислесиў орнатылып, медицина тараўындағы байланысларымыз жаңа басқышқа көтерилди.
– Коронавирус инфекциясы бойынша дүньядағы ҳәм мәмлекетимиздеги эпидемиологиялық жағдай, усы кеселликтиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.
– Пандемия басланғанлы берли усы жылдың 1-декабрь күнине шекем дүньяда 650 миллионнан аслам адамда коронавирус инфекциясы анықланған ҳәм олардан 6,6 миллионнан асламы қайтыс болған.
Соңғы 14 күнликте эпидемиологиялық жағдай қурамаласып, кеселликтиң тарқалыў дәрежеси 1.3 есеге көбеймекте. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми экспертлериниң жуўмағына бола, бул көрсеткиш 1.0 ге шекем болса, жағдайдың турақлы екенлигин аңлатады.
Вирус көбинесе орта ҳәм үлкен жастағы адамларда анықланып, олар кеселликти тийкарынан шаңарағында, наўқасланған қоңсылары ямаса туўған-туўысқанларынан, жәмийетлик орынларда ҳәм жумыс орынларында жуқтырып алмақта.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен берилген мағлыўматларға бола, дүнья мәмлекетлеринде “omicron” штаммының “Stealth-omicron” BA.5 варианты жоқары штаммға айланған.
Быйылғы коронавирус инфекциясы, мәўсимлик грипп ҳәм өткир респиратор инфекцияларының биргеликте тарқалыў итималлығы денсаўлықты сақлаў системасына басымның артыўына алып келиўи мүмкин.
Россиялы вирусологлар тәрепинен коронавирустың жаңа толқыны 2022-жыл 21-декабрьден кейин басланыўы мүмкин екенлиги болжанбақта. Толқынлар арасында 3 айдан 6 айға шекемги интервалдың бар екенлиги айтылған. Ҳәзирги күнде миграция процесслери себепли кеселлик бойынша дурыс болжаў айтыў қыйын.
Өзбекстан Республикасында грипп ҳәм өткир респиратор инфекциялары 2022-2023-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде коронавирус инфекциясы менен микс инфекция кеселлиги сыпатында, әсиресе, иммун системасы төмен болған, яғный, киши жастағы ҳәм үлкен жастағы коронавирусқа ҳәм гриппке қарсы шаншылмаған, созылмалы кеселликлери бар адамлардың арасында ушырасыў қәўпи бар.
– Кеселликтиң кең тарқалып кетиўиниң алдын алыў ушын мәмлекетимизде қандай илажлар алып барылмақта?
– Мәмлекетимиздеги коронавирус инфекциясының профилактикасына қаратылған илажлар Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларына тийкарланып әмелге асырылмақта.
Биринши гезекте, тийкарғы итибар пуқараларды коронавирусқа қарсы шаншыў жумысларына қаратылып, республикамыз бойынша 1187830 адам «шаншыў режеси»не киргизилди.
Шаншыў 2021-жылдың 1-апрель күни басланған болса, бүгинги күнге келип реже 93,2 процентке орынланды. Шаншыў жумыслары ушын жәми 8 түрдеги 3665930 доза (АstraZeneca, ZF-UZ-VAC2001, Sputnik-V, Moderna, Пфайзер, Синовак, Спутник ЛАЙТ ҳәм Johnson-johnson) Covid-19 ға қарсы вакциналары алып келинип, режедеги контингентлерди шаншыў ушын орынларға жеткерилди. Шаншыў жумысларын әмелге асырыў ушын Нөкис қаласында ҳәм районларда 317 бригада шөлкемлестирилди.
Коронавирус инфекциясын ерте анықлаў ушын полимераза шынжырлы реакция усылында тексериў жүдә әҳмийетли болып, бул ушын басқарманың вирусология лабораториясы ҳәм оның Хожели, Шымбай, Қоңырат, Мойнақ, Беруний районлық бөлимлеринде тексериў имканиятлары жаратылған. Соннан, бүгинги күнде басқарманың вирусология лабораториясы жумыс ислеп турыпты. Қалған лабораториялардың жумысы эпидемиологиялық жағдайдың турақлылығына байланыслы ўақтынша тоқтатылған. Олар кеселлениў санының артыўы менен жумысларын қайтадан баслаў имканиятына ийе.
Быйыл 11 ай даўамында республикамызда 58958 пуқара коронавирус инфекциясына полимераза шынжырлы реакция усылында тексерилди. Соннан, 2178 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланған. Эпидемиологиялық жағдай биринши ҳәм үшинши шеректе қурамаласып, январь (44,0%) ҳәм июль (30,0%) айларында ең жоқары көрсеткишлер анықланды.
Коронавирус инфекциясы дәслепки анықланған наўқаслар менен қатнаста болған 36 мыңнан аслам пуқара үй карантинине алынып, медициналық бақлаў астынан шығарылған. Бүгинги күнде 48 пуқара медициналық бақлаўда турыпты.
Коронавирус инфекциясы анықланған кеселлик орталықларында эпидемиологиялық сорастырыў ҳәм эпидемияға қарсы басланғыш илажларды әмелге асырыў мақсетинде жергиликли cанитариялық-эпидемиологиялық хызметлердиң эпидемиолог шыпакерлери, жәрдемшилери, дезинфекторлары ҳәм лаборатория хызметкерлеринен ибарат бригадалар шөлкемлестирилип, профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта.
Дүньядағы эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алып, кеселликтиң мәмлекетимиздиң шегаралары арқалы кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик шегаралардағы, яғный, Нөкис халықаралық аэропортында, Қоңырат ҳәм Хожели районында жайласқан санитариялық-карантин пунктлериниң жумыслары күшейтилди. Усы жылдың 11 айында мәмлекетимиз шегараларынан өтип атырған 341636 жолаўшы, соның ишинде, 43932 сырт ел пуқарлары, 80338 транспорт қураллары тексериўден өткерилди.
Кеселликтиң профилактикасына қаратылған түсиндириў жумыслары ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, халық пенен тиккелей сәўбетлесиў көринисинде де ҳәр күни әмелге асырылмақта.
– Кеселликтиң алдын алыў ҳәм оның асқыныўсыз өтиўи ушын нелерге итибар қаратыўымыз керек?
- Биринши гезекте коронавирусқа қарсы шаншыўды әмелге асырыў зәрүр. Себеби, әмелге асырылған вакцинация нәтийжесинде кеселликтиң бир қанша азайыўына ерисилгенлигин ҳәм вирусты жуқтырғанлар арасында кеселликтиң клиникалық белгилериниң жеңил өткенлигин инабатқа алыўымыз керек.
Екиншиден, әлбетте, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўимиз, жеке қорғаныў қуралларынан дурыс пайдаланыўымыз, жәмийетлик орынларда медициналық нықаптан пайдаланыўға әдетлениўимиз лазым.
Кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келиўден, әлбетте, шыпакерге мүрәжат етиўди, өз басымшалық пенен өзин-өзи емлеў аўыр ақыбетлерге алып келиўин умытпаўымыз, өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың денсаўлығына бийпәрўа болмаўымыз керек.
Ә.Жиемуратов сәўбетлести,
Қарақалпақстан хабар агентлиги