Социаллық тармақларда АИ-80 маркалы бензин жоқ екени себепли қымбат бензинлерди сатып атырғаны бойынша хабарлар жәрияланбақта.

Энергетика министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, «Өзбекнефтьгаз» АЖға қараслы АЖҚШларда барлық маркадағы бензин жеткиликли ҳәм олардың баҳасы көтерилмеген.

Ҳәзирги күнде жәмийетке қараслы АЖҚШларда АИ-80 маркалы автобензинниң 1 литри 6 мың 800 сумнан, АИ-92 маркалы автобензин 9 мың 500 сумнан, АИ-95 маркалы автобензин 10 мың 500 сумнан сатылмақта.

Бүгинги күнде республика нефтьти қайта ислеў заводларында суткасына 4 мың тоннадан автобензин ислеп шығарылып, биржа саўдалары арқалы тутыныўшылардың зәрүрликлери ушын жиберилмекте. Соның менен бирге, жеке исбилерменлер тәрепинен қосымша автобензин импорты әмелге асырылып келинбекте. Усы жылдың басынан бир айда орташа 10 мың тонна автобензин импорт етилмекте.

Буннан тысқары, шийки зат импорты көлемлерин көбейтиўдиң есабынан автобензин ислеп шығарыў ҳәм биржа саўдаларына койып барылатуғын автобензин муғдарын арттырыў илажлары көрилмекте, делинеди министрлик хабарында.

ӨзА