Түркия газ орайы жойбарына таярлық көрмекте, деди Президент Режеп Таййип Эрдоған. Бул ҳаққында «Анадолу» агентлиги хабар берди.

 «Газ жумыслары Қара ҳәм Жер орта теңизиндеги кәнлерди өзлестириў менен жуўмақланбайды. Белгили болғанындай Россия Президенти Владимир Путин Европаға жеткерип бериў ушын Түркияда газ хабы жаратыўды усыныс етти. Ҳәзир соған таярлық көрип атырмыз», деди Түркия басшысы.

Октябрь айында Россия жетекшиси «Түркия хабы «Арқа ағыс» арқалы жойытылған газдиң көлемин қаплаў имканиятын береди», деген еди.

Путин атап өткениндей, экономикалық жақтан мақсетке муўапық бундай қарардың қәўипсизлик дәрежеси де бираз жоқары.

Эрдоған орай үлкен болжам менен Түркия арқа-шығысындағы Тракия ўәлаятында қурылатуғынын айтқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги