«Мета» компаниясы Европа Аўқамы пайдаланыўшыларының мағлыўматларын жәрияланғаны ушын 276 миллион АҚШ доллары муғдарында жәриймаға тартылды.
Бул жәрийма 2018-жылдың май айынан 2019-жылдың сентябрь айы даўамында 500 миллионнан артық «Facebook» пайдаланыўшылары мағлыўматлары тек ғана интернет тармақларында тарқатып жибергенлиги үстинен алып барылған тергеў нәтийжелери тийкарында қойылған.
«Мета» компаниясы усы кемшиликлерди дурыслағаны ҳәм соған уқсас жағдайлар енди тәкирарланбаслығы ҳаққында мәлим еткен.
Дилноза Калбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги