Дүньяның ең белгили ойлап табыўшыларынан бири болған Томас Эдисон тек өзиниң әжайып жаңалықлары менен емес, ал ғайрытәбийғый ис-ҳәрекетлери менен де ҳәммени таң қалдырады. Төменде ол ҳаққында қызықлы мағлыўматлар орын алған.
Эдисон мектепте «тәртипсиз» оқыўшы болған. Муғаллими оны «оңбайтуғын» деп атаған. Анасы буны еситип қатты қапа болады ҳәм баласын мектептен алып, үйде оқыта баслайды. Солай етип, Эдисон үй шараятында билим алады.
Эдисон 9 жасқа толғанда анасы оған үй шараятында химиялық экспериментлер менен шуғылланыў ҳаққында китап саўға етеди. Ол барлық «қалта» пулларын химиялық реактивлерге жумсап, 10 жасында жер төлесинде жеке лабороториясын қурады. Препаратларына ҳеш ким тиймеўи ушын барлық шийшелерге «зәҳәр» деп жазып қойған.
Темир жол станциясында 14 жасар Эдисон 3 жасар Джимми Маккензиди қутқарады. Баланың әкеси Эдисонға миннетдаршылық ретинде телеграф машинасын басқарыўды үйретеди. Бул Эдисонның кейинги ойлап табыўына үлкен түртки болды.
1869-жылы Эдисон 22 жасында Конгрессте даўыс бериўге жәрдемлесетуғын электроникалық машинаға биринши патентин алады. Бирақ, машина әсте ислегени ушын өз қәдир-қымбатын таппайды.
Мунавар Касимова,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги