Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигинде жәмийетлик кеңес ағзаларының гезектеги мәжилиси ҳәм баспасөз әнжуманы болып өтти.
Онда Мектепке шекемги билимлендириў министри Г.Бахиева бүгинги күни тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, министрлик шөлкемлестирилген дәўирде республикамызда 318 балалар бақшасы болып, соннан 3-7 жас аралығындағы балаларды қамтып алыў 27,6 процентти қураған еди. Бүгинги күни республикамыз бойынша 1557 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, соннан 435 мәмлекетлик, 2 мәкемеге қараслы, 89 мәмлекетлик жеке шериклик тийкарындағы, 10 меншик, 1023 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги шөлкем жумыс алып бармақта.
Республикамызда 3-7 жас аралығындағы 153 мың 464 бала болып, соннан 119 мың 769 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған. Балаларды қамтып алыў дәрежеси 78 процентти қурайды.
Буннан тысқары 6 жастағы 39 мың 506 баладан 34 мың 99 бала мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынған. Республикамыздағы 305 бир жыллық мәжбүрий бийпул топарларға 8365 бала, 28 мобиль топарға 394 бала қамтып алынған.
Илажда тараўда бир қатар унамлы жумыслар менен бир қатарда айырым кемшиликлердиң де орын алып атырғанлығы атап өтилди. Министрлик бул машқалаларды сапластырыў, оған жол қойған хызметкерлерге қатаң шара көриў илажларын көрмекте.
Баспасөз әнжуманы соңында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги