8-декабрь – Өзбекстан Республикасы конституциясы қабыл етилген күн
1992-жыл 8-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң XI сессиясында тарийхый әҳмийетке ийе болған тийкарғы Нызамымыз – Өзбекстан Республикасының Конституциясы қабыл етилди.
Мине, бүгин Конституциямыздың 30 жыллық байрамын кең түрде белгилеў алдында турмыз.
Конституциямыз бүгинги күнде елимизде ғәрезсиз, суверен демократиялық мәмлекет қурыў, көп тармақлы базар экономикасына тийкарланған жеке мүлк үстинлигин беккемлеў ҳәм оның қорғалыўын кепиллеў, сондай-ақ, инсан мәплери, ҳуқықлары менен еркинликлери жоқары қәдирият есапланған пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўдиң тийкарғы, ҳуқықый ҳәм нызамшылық фундаментине айланды.
Конституцияда ҳуқықый мәмлекеттиң әҳмийетли принциплеринен бири – ҳәкимиятлардың бөлиниўи, яғный, Өзбекстан суверен демократиялық республика сыпатында Конституцияда нызам шығарыўшы (Олий Мажлис), атқарыўшы (Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият институтлары) ҳәм суд (Конституциялық суд, Олий суд) ҳәкимияты – мәмлекеттиң үш тийкарғы таянышы сыпатында белгиленген.
Конституциямыздың ҳәр тәреплеме жетиклиги, тийкарынан онда суд ҳәкимиятының еркинлиги ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыў арқалы пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў кепилленгенлиги, усы тараўда реформалардың раўажланыўында әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте. Себеби, тийкарғы Нызамымыздың 106-статьясында, суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимиятлардан, сиясий партиялардан, басқа жәмийетлик бирлеспелерден бийғәрез ҳалда ис жүргизиўи белгилеп қойылған. Бул, әмелде әдил судлаўды қалыс, жоқары дәрежеде әмелге асырыў имканиятын бермекте.
Конституциямыздың 112-статьясында болса, «Судьялар бийғәрез, тек ғана нызамға бойсынады. Судьялардың әдил судлаўды әмелге асырыў процесиндеги жумысларына бирде-бир тәризде араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады» деп белгиленген.
Конституциямызда, ең баслысы ҳәр бир шахсқа өз ҳуқықлары менен еркинликлерин суд арқалы қорғаў, барлық мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳәрекетлери үстинен судқа шағым етиў ҳуқықын кепиллеўге үлкен итибар қаратылды. Усы мақсетте суд ислерин жүргизиўдиң процессуал тәртибин әпиўайыластырыў, жынайый жазаларды либералластырыў, әдил судлаўдың имканиятларын кеңейтиў, миллий нызамшылығымызды дүнья стандартлары, халықаралық нормаларға муўапықластырыў ушын бир қанша ислер әмелге асырылмақта.
Fәрезсизлик жылларында әмелге асырылған реформалар суд-ҳуқық системасын демократияластырыў ҳәм еркинлестириўге, суд ҳәкимиятының пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы роли ҳәм әҳмийетин арттырыўға тийкар жаратты.
Усы реформалар нәтийжесинде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен суд ҳәкимиятын, суд-ҳуқық системасын және де реформалаў бойынша бир қанша пәрманлар қабыл етилди, атап айтқанда 2016-жыл 21-октябрьде «Суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы, 2017-жыл 21-февральда «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жумысларының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы,
2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысларын және де реформалаў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманларының қабыл етилгенлиги айрықша әҳмийетке ийе болды.
Усы пәрманлар нәтийжесинде, еркинен айырыўға байланыслы болмаған альтернатив жаза түрлерин қолланыўды кеңейтиў арқалы қамақ сыпатындағы жынайый жаза шығарылды, жынаят ислеўде гүмандар шахсларды услап турыў мүддети 72 сааттан 48 саатқа қысқартылды. Қамаққа алыў ҳәм үй қамағы сыпатындағы бас шараларын қолланыўдың, сондай-ақ, дәслепки тергеўдиң ең көп мүддети 1 жылдан 7 айға қысқартылды,
почта-телеграф жөнелтпелерин хатлап қойыў ҳәм эксгумациялаў ушын санкция бериў ҳуқықы судларға өткерилди, судларға қамаққа алыў ямаса үй қамағы тәризиндеги бас шарасын қолланыўдан бас тартылғанда, альтернатив бас шараларын қолланыў ҳуқықы берилди, тергеўдиң толық емеслигин суд додалаўы процесинде толықтырыў механизмлерин ислеп шығыў арқалы суд тәрепинен жынаят исин қосымша тергеў жүргизиўге қайтарыў институты бийкарланды. Ўәлаят дәрежесиндеги судлар тәрепинен жынаят ҳәм пуқаралық ислерин бақлаў тәртибинде көрип шығыў институты қысқартылып, тийисли суд баслықлары ҳәм прокурорлардың бақлаў тәртибинде протест билдириў бойынша ўәкилликлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары суды Пленумының ислерди бақлаў тәртибинде көрип шығыў бойынша бирин-бири тәкирарлайтуғын ўәкилликлери бийкарланды, әдиллик уйымларының улыўма юрисдикция судлары жумысларын материаллық-техникалық жақтан ҳәм қаржы менен тәмийинлеў тараўындағы ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери Өзбекстан Республикасы Жоқары судына өткерилди, бир суд – бир инстанция, дәслепки тыңлаў ҳәм айыпқа ықрарлық ҳаққындағы келисиў интститутлары шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилген өзгерислер ҳәм Өзбекстан Республикасының 2021-жыл 28-июльдеги ЎРҚ-703-санлы Нызамына тийкар, Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы Нызамы жаңадан қабылланып, оған тийкарланып Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды, Өзбекстан Республикасы Жоқары суды, Әскерий судлар, Қарақалпақстан Республикасы суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимшилик судлары, пуқаралық ислери бойынша районлараралық, район (қала)лық судлары, жынаят ислери бойынша район (қала)лық судлары, районлараралық, район (қала)лық экономикалық судлары ҳәм районлараралық ҳәкимшилик судлары жумыс алып баратуғын болды.
Киргизилип атырған өзгерислерге бола, суд-ҳуқық системасында жаңа институт – Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси енгизилди. Судьялар жоқарғы кеңесиниң дүзилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 111-статьясының жаңа редакциясында Судьялар жоқарғы кеңесиниң конституциялық статусы анық беккемлеп қойылды. Өзбекстан Республикасы Судьяларының жоқарғы кеңеси судьялардың жәмийетшилик уйымы есапланады ҳәм Өзбекстан Республикасы суд ҳәкимияты бийғәрезлиги ҳаққындағы конституциялық принципке әмел етилиўин тәмийинлеўге жәрдемлесиўи белгилеп қойылды.
Жуўмақлап айтқанда, суд-ҳуқық системасында конституциялық талаплар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары, еркинликлери, нызамлы мәплери судта исенимли қорғалыўы тәмийинленбекте. Яғный, тийкарғы Нызамымыз болған Конституциямызда усы муқаддес Ўатанымызда жасап атырған ҳәр бир инсанның мүнәсип турмыс кешириўи, олардың арзыў-әрманларын жүзеге шығарыў, инсаныйлық принциплерине тийкарланған демократиялық жәмийетти қурыўдай уллы мақсетлер өзиниң толық көринисин тапқан.
А.Кощанов.
Жынаят ислери бойынша
Тақыятас район судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги