Мәжилиске Өзбекстан сыртқы ислер министри В.Норов қатнасты. СИМ басшысы өз сөзинде:
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында демократиялық өзгерислерди тереңлестириўге қаратылған реформалар;
бүгинги күнде Орайлық Азия регионында пүткиллей жаңа өз-ара исенимге тийкарланған орталық қәлиплескени;
Арал теңизи экологиялық апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў, Арал бойында әҳмийетли социаллық-экономикалық жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлерге белсене қатнасыў зәрүрлиги;
Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы ҳәм қәўипсизлиги перспективалары қоңсылас Аўғанстанда тынышлықты тәмийинлеў менен өз-ара байланыслы екени туўралы мағлыўмат берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги