Самарқанд қаласында 1-декабрь күни Өзбекстан – Россия бизнес форум басланды.
Оған еки мәмлекеттиң министрликлери ҳәм уйымлары, регионлары, тармақлық бирлеспелер ҳәм шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, 500 ден аслам жетекши компаниялар менен корпорациялардың ўәкиллери қатнаспақта.
Форумның ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Ходжаев ҳәм Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министри Максим Решетников мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў кейинги жылларда жедел раўажланып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, қоспа инвестициялық жойбарлардың саны артып, узақ мүддетли саўда-экономикалық байланыслардың көлеми кеңеймекте. Соның нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы товар алмасыўдың көлеми избе-из өспекте. Соның ишинде, кейинги бес жылда товар алмасыў 170 процентке өсти, 2021-жылдың ақырына келип болса және үштен бир бөлегине көбейип, 7,5 миллиард доллардан асты. Жақын арада бул көрсеткишти 10 миллиард долларға жеткериў ҳәм буннан еки тәреп те мәпдар екени билдирилди.
Тәреплер кейинги инвестициялық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясы жеделлескенин жоқары баҳалады. Өзбекстанда Россия капиталының қатнасыўында шөлкемлестирилген кәрханалардың саны кейинги бес жылда үш есеге көбейип, 3000 нан асты. Бүгинги күнде Өзбекстанда нефть-химия, энергетика, кән-металлургия, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, сондай-ақ, мийўе-овощты қайта ислеў тараўларында Россия компаниялары менен биргеликте улыўма нырқы 20 миллиард доллардан артық болған еки жүзге шамалас биргеликтеги жойбар әмелге асырылмақта.
Форумда еки мәмлекет экономикасының әҳмийетли бағдарларында, соның ишинде, автомобиль ислеп шығарыў, химия ҳәм тоқымашылық санааты, аўыл хожалығы ҳәм фармацевтика, қурылыс материалларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға кең имканиятлар бар екени атап өтилди.
Бизнес-форум бир қатар секция мәжилислеринде даўам етти. Оларда тийкарғы итибар санаат кластерлерин биргеликте раўажландырыў, санаат шынжырын қәлиплестириў, жанылғы-энергетика тараўында ири жойбарларды биргеликте әмелге асырыў, транспорт санаатында бирге ислесиў, агросанаат тармағында киши ҳәм орта бизнес ўәкиллериниң байланысларын кеңейтиў, заманагөй мәлимлеме технологиялары ҳәм саўда-экономикалық қатнасықларды санластырыў мәселесине қаратылды.
Сондай-ақ, форум шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарлары ўәкиллериниң арасында ушырасыўлар шөлкемлестирилип, оларда қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы саўда шәртнамаларын дүзиў имканиятлары додаланды.
Илаж шеңберинде «Өзбекстанда ислеп шығарылған» атамасы астында көргизбе де шөлкемлестирилип, онда мәмлекетимиздиң санаат потенциалы көрсетилмекте.
Ғолиб Ҳасанов,
Икрам Аввалбоев,
ӨзАның хабаршылары