Британияның Би-би-си корпорациясы хабаршысы Эд Лоуренс Қытайдағы көтерилислерди сәўлелендирип атырғанда Шанхай полициясы тәрепинен қамаққа алынады ҳәм полиция мәкемесинде оған физикалық күш көрсетилген. Екшемби күни корпорация тәрепинен тарқатылған билдириўде сол ҳаққында айтылмақта.

«Би-би-си Шанхайдағы көтерилислерди сәўлелендирип атырғанда полиция тәрепинен қамаққа алынған журналист Эд Лоуренске болған қарым-қатнастан қатты қәўетерленеди. Ол полиция мәкемесинде бир неше саат иркип турылған. Полицияшылар оны урған ҳәм тепкилеген. Ол аккредитациядан өткен журналист» делинеди хабарда.

Қытай ҳүкимети ҳәзирше бул ҳәдийсеге түсиник берген жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги