2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының  «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети  тәрепинен орынланыўы тийис 253, 254, 307 ҳәм 308-бәнтлеринде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша жумысларға бағышланған жәмийетлик тыңлаў өткерилди.

Раўажланыў стратегиясын қоллап-қуўатлаўшы Қарақалпақстан Республикасы жәмийетлик топарының ағзалары 2022жылғы Мәмлекетлик бағдарламада  белгиленген 253-бәнттеги ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды, 254-бәнттеги «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы ҳаял-қызлардың мәселелерин шешиў системасын және де жетилистириў, 307-бәнттеги ҳаяллар арасындағы жумыссызлық дәрежесин 2 есе азайтыў, 80 мыңнан аслам жумыссыз ҳаял-қызларды мәмлекет есабынан кәсип-өнерге оқытыў, 308-бәнттеги жумыс пенен бәнт болмаған ҳаял-қызларды исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў бойынша тийисли ўазыйпалардың орынланыўын жәмийетлик қадағалаў тәртибинде үйрениў жумыслары алып барылған.



Жәмийетлик тыңлаўда усы үйрениў жумысларының нәтийжелери ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, үйрениў барысында бир қатар жумыслардың әмелге асырылғаны, соның менен бирге қәте-кемшиликлерге де жол қойылып атырғанлығы анықланды.

Улыўмаластырып алғанда Мәмлекетлик Бағдарлама бәнтлериниң орынланыўы бойынша жумысларды әмелге асырыўда кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилип, усы бағдардағы илажларды еле де жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова шығып сөйлеп, әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берип, үйрениў нәтийжелери бойынша билдирилген пикир-усынысларға мүнәсибет билдирди.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери