Грецияның Ираклион қаласында спорттың Жиу житсу түринен өткерилген жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылар арасынан 16 жасқа шекемги спортшылар арасында болып өткен беллесиўлерде Минаж Кенжебаев ҳәм Аббаз Муратбаевлар да табыслы қатнасып, сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Солай етип, өткерилген жәҳән чемпионатының жуўмағында, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылар 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 3 қола медальларын жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы