Ташкентте Европа Аўқамының «Ready4 Trade Central Asia» жойбары шеңберинде «Uzbekistan Trade Info» бирден-бир мәлимлеме платформасы иске түсирилди.
Жойбар Өзбекстан Республикасының Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм «UNCTAD/JST» халықаралық саўда орайы менен биргеликте ислеп шығылған.
«Uzbekistan Trade Info» трансшегаралық саўдаға байланыслы мағлыўматқа бийпул ҳәм турақлы кириўди тәмийинлеў, исбилерменлерге ўақытты ҳәм қәрежетти қысқартыў ҳәм саўданы тәртипке салыў, сондай-ақ, саўда процесиндеги тосқынлықларды алып таслаўға жәрдем береди.
Платформадағы мәлимлемелердиң жаңаланыўы ҳәм турақлы толықтырылып барылыўы мәмлекетлик уйымлар ҳәм жеке сектор тәрепинен өз-ара биргеликте тәмийинленеди.
Жойбар регионаллық әҳмийетке ийе болып, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанда халықаралық саўданы раўажландырыўға мүнәсип үлес қосады.
«Uzbekistan Trade Info» саўда мәлимлеме платформасы басқышпа-басқыш трансшегаралық саўданы аңсатластырыў, әмелдеги миллий онлайн хызметлер қатарын толықтырыў ҳәм Өзбекстанның жеке меншик секторына халықаралық саўда әмелиятында бар барлық имканиятлардан пайдаланыўға жәрдем бериў бойынша нәтийжели қуралға айланады.
Қарақалпақстан хабар агантлиги