Мәмлекетлер мыңлаған километр ҳәм шексиз суў кеңислиги менен ажыралып турады. Егер самолётлар болмағанда, адамлар түрли орынларға тез-тезден саяхат етиўи қыйын болар еди. Сонлықтан да, раўажланған мәмлекетлер аэропортларын раўажландырыў ҳәм қәлиплестириўге үлкен қаржы жумсап атыр – бул миллет абырайы, пуқаралардың кәўипсизлиги ҳәм туризм ушын зәрүр. Жолаўшы тасыў бойынша дүньядағы ең ири аэропортлар жылына бир неше он миллионлаған адамларды күтип алады ҳәм туристлерди өзиниң үлкенлиги менен ҳайран қалдырады.
1. Гонконг аэропорты
Бул ең сулыў аэропорт болып есапланады. Усы мәмлекетке келген туристлердиң итибарына биринши болып аэропорттың көриниси түседи.
2. Даллас/Форт-Уорт аэропорты
Даллас аэропорты Техастағы ең үлкен аэропорт ҳәм Америкада екинши орында турады. Ол 130 дан аслам ишки рейслерге ҳәм 30 ға шамалас халықаралық жөнелислерге хызмет көрсетеди.
3. Суваннапум аэропорты
Халықаралық аэропорт. Таиландтағы ең ири ҳәм Қубла-Арқа Азияда биринши орында турады. Бул 2006-жылы рәсмий түрде ашылған.
4. Шарл де Голл аэропорты
5. Дубай аэропорты
6. Лос-Анджелес аэропорты
7. Токио аэропорты
8. Хитроу аэропорты
9. Пайтахт аэропорты
10. Атланта аэропорты
Азада Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги