«Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Ресубликасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен байрам саўғасы таярланды.
«Әҳмийетли 40 күнлик» акциясында республикамыздың қала ҳәм районларында гүз мәўсиминде аймақлардың климат шараятына сай келетуғын жәми 5 миллион 250 мың түп мийўе, саяманлы терек ҳәм пута нәллерин егиў режелестирилип, мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Бул әҳмийетли жумысларға Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети жәмәәти де белсене қатнаспақта.
Өзбекстан мәмлдекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылған майданға 31 түп терек нәли егилди. Бул жәмәәттиң байрамға мүнәсип саўғасы болып табылады.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы