Усы жыл 18-ноябрь күни Нөкис қаласының орайлық майданында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң тарийхындағы қутлы сәне-мәмлекетлик байрақ ҳаққындағы Нызам қабыл етилгениниң 31 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жаңаланып атырған Өзбекстанда, соның ишинде, бизиң республикамызда да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Тек ғана Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў, халықтың кем тәмийинленген қатламларын, кекселерди, ҳаял-қызларды ҳәм жасларды социаллық қорғаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында жигирмадан аслам пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Солай екен, бул әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге үлес қосыў бәршемиздиң әдиўли миннетимиз болып табылады.

Илажда «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген журналист Н.Матякубова, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти А.Амангелдиева, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Н.Сабировалар мәмлекетлик нышанлар, соның ишинде, байрағымыздың әҳмийетине тоқтап өтти.

Бәршеңизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жылы 18-ноябрьде болып өткен гезексиз  VII сессиясында «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Байрағымыз гимнимиз, гербимиз сыяқлы еркинлигимиз, мақтанашымыз, айдын келешегимиз ҳәм өзлигимиздиң тымсалы болып табылады.

Байрам қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.







Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери