ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен 18-ноябрь – Ɵзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 31 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан  мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында студент-жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда жасларға Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик нышанлары, соның ишинде, 1991-жыл 18-ноябрь күни «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамның қабыл етилиўи, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң нышаны болған байрақтың әҳмийети ҳаққында толық түсиниклер берилди.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар, халқымыздың өтмишин, бүгинги күнин ҳәм айдын келешегин өзинде жәмлеген байрағымыз, инсанларды бәрқулла кәмиликке ҳәм бахытқа жетелеўши күшке ийе екенлигин айрықша атап өтти.


Ўатанымыздың айқын тымсалы болған байрағымыз өзлигимизди билдириў менен бирге миллийлигимизди раўажландырады.

Илажда партияның мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўда сиясий күш сыпатында бүгинги күнде алып барылып атырған жумыслары туўралы да  кең түрде мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги