Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси шеңберинде «ACWA Power» компаниясының басқарма баслығы Муҳаммед Абдулла Абунайян менен ушырасыў өткерди.
Ағымдағы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы компания елимиздиң ҳәр қыйлы тараўларында энергетика инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм қайта тикленетуғын энергетиканы раўажландырыў жойбарларын әмелге асырыўға үлес қосып атырғанын жоқары баҳалады.
Компанияның инвестицияларын водород энергетикасын раўажландырыў, самал электр станцияларын қурыў, сырт елли экспертлердиң қатнасыўында жоқары маманлықтағы миллий кадрларды таярлаўға тартыў зәрүрлиги атап өтилди.
Муҳаммед Абдулла Абунайян компания Өзбекстан менен узақ мүддетли ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиўге, сондай-ақ, келеси жылдың биринши шерегинде Ташкент қаласында Өзбекстан – Саудия исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериўге белсене қатнасыўға таяр екенин билдирди.
ӨзА