16-ноябрь күни «Көксарай» резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси және ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Самарқанд конференциясына қатнасыў ушын елимизге келген Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо менен ушырасыў өткерди.
ЕТРБ менен нәтийжели бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы кейинги алты жылда Өзбекстанның усы абырайлы финанс институты менен байланыслары мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Банк социаллық-экономикалық бағдарламаларды әмелге асырыўда Өзбекстанның тийкарғы шериклеринен бири болып табылады.
Ушырасыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, атап айтқанда, энергетика, транспорт-логистика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, турақ жай коммуналлық хожалық тараўларында МЖМШ жойбарларын әмелге асырыў, «жасыл» раўажланыў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша пикир алысылды.
Одиль Рено-Бассо елимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформаларды жоқары баҳалады ҳәм нәтийжели шерикликти кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
Келеси жылы Самарқанд қаласында банк басқарыўшыларының гезектеги жыллық мәжилисин өткериўге таярлықтың әмелий тәреплери де додаланды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиздиң ЕТРБ менен бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған анық илажлардан ибарат «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
ӨзА