Қазақстанда октябрь айында қарачайдың бир килограмы орташа есап пенен 4 434 теңгеден сатылды. Бул өткен жылдың октябрь айы менен салыстырғанда 18,3 процентке қымбат, деп хабар бермекте ҚазИнформ.

Ең қымбат чай Астананың усақлап сатыў орынларында сатылды – бир килограмы 4725 теңге. Сондай-ақ, қымбат қарачай баҳасы Қызылорда, Шымкент, Алматы ҳәм Ақтаў қалаларында дизимге алынды. Ең арзан қарачай Жезқазғанда – килограмы 3943 теңге болған, делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги