«Көксарай» резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси болып өтпекте.
Абырайлы әнжуманда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Өзбекстанда санластырыў тараўына инвестицияларды тартыўға да айрықша итибар қаратылмақта.
– Биз «Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясын қабыл еттик. Бул ҳүжжетте барлық әҳмийетли тараўларды санластырыў нәзерде тутылған. Мәмлекетимиз аймақларында Ай-Ти парклерди шөлкемлестирмектемиз. Бундай парклер резидентлери барлық салықлардан ҳәм жыйымлардан азат етилген, деди Шавкат Мирзиёев. – Сырт ел инвесторлары ҳәм технолгияларының белсене қатнасыўысыз бул тараўды раўажландырыў мүмкин емеслигин жақсы түсинемиз. Сол себепли Кеңес ағзалары менен усы бағдарда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда нәтийжели бирге ислесиўге үмит етемиз.
Өзбекстан «жасыл экономика»ны раўажландырыў процесинде белсене қатнаспақта.
– Қабыл етилген Стратегиямызға муўапық, 2026-жылға барып альтернатив дәреклерден алынатуғын энергияның улыўма генерациядағы үлесин 25 процентке жеткеремиз. Соның менен бирге, илимий-техникалық потенциалды раўажландырыў ҳәм қайтадан тикленетуғын энергия дәреклери тараўында қәнигелер таярлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыўды мөлшерлемектемиз.
Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм Жәҳән банки менен бирге 2050-жылға шекем миллий экономиканы декарбонизациялаў стратегиясын ислеп шығыўға киристик,-деди мәмлекетимиз басшысы. – «Жасыл» жойбарларға сырт ел инвестицияларын тартыўды даўам еттириўден мәпдармыз ҳәм оларда Кеңес ағзаларының қатнасын қоллап-қуўатлаўға таярмыз.
ӨзА