Мәмлекетлик статистика басқармасының дәслепки мағлыўматларына бола, 2022-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстан 903,3 млн. АҚШ долларына тең болған 1,4 млн. тонна мийўе ҳәм палыз-өнимлерин экспорт еткен.
Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 192 мың тоннаға асқан.
2022-жылдың 10 айында экспорт етилген мийўе ҳәм палыз-өнимлериниң көлеми:
Мийўе ҳәм резаворлар – 297 мың тонна
Кептирилген мийўе ҳәм резаворлар – 35,7 мың тонна
Палыз-өнимлери – 733 мың тонна
Пияз – 185,4 мың тонна
Капуста – 135,2 мың тонна
Помидор – 65,8 мың тонна
Жүзим – 181 мың тонна
Кишмиш – 64,4 мың тонна
Писте – 15,6 мың тонна
Ғарбыз-қаўын – 134,3 мың тонна
Райхан Даниярова,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги