Тәбият жемислеринде барлық кеселликлердиң даўасы бар. Олардың арасында ең кең тарқалғаны – алма. Рәўиятларға қарағанда, бул мийўе жер жүзинде инсан нәсиллигиниң пайда болыўына себепши болған екен.
Дәреклерде айтылыўынша, алманың тийкарғы ўатаны Орайлық Азия болып, дүньяда оның жети мыңға шамалас түри бар. Өзбекстан аймағында болса жүзден аслам түрлери жетистириледи.
Алмада S, V1, V2, R, Ye, A витаминлери, калий, марганец ҳәм темир элементлери көп муғдарда бар. S ҳәм V витаминлери барлық ағзаларда элементлердиң алмасыўын жақсылайды. R ҳәм Ye организмди жасартырып, тери ҳәм буўынлардың жағдайын тиклейди.
Алманың ҳәр қандай түри қурамында 80 процентке шекем суў бар. Бирақ гүзде ҳәм қыста писетуғын көк алмаларда суў бир қанша аз болады.
Алманың 80 проценти суўдан, қалған 20 проценти пайдалы витаминлерден қуралған. 100 г жаңа пискен алмада 47 килокалория бар. Онда майлар жоқ. Бирақ қурамы углеводларға бай болғаны ушын тойымлылық дәрежеси жоқары. Сол себепли азыўды қәлегенлер ушын жақсы азық бола алады.
Алманың пайдалы тәрепи оның реңине де байланыслы. Мәселен, қызыл ҳәм сары алманы көпшилик жақсы көреди, себеби қурамында қант – углевод көп. Бундай алмалар жүдә мазалы болады. Медицинада жасыл алманы қурамында пектин элементи мол, пайдалы деп есаплайды.
Райхан Даниярова,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги