Ҳәзир «Көксарай» резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси және ЕА ҳәм Орайлық Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Самарқанд конференциясына қатнасыў ушын елимизге келген Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо менен ушырасыў өткермекте.

Мәмлекетимиз ҳәм ЕТРБ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм нәтийжели шерикликти кеңейтиў перспективалары көрип шығылмақта.

ЕТРБның мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў бойынша тәжирийбе ҳәм билимлеринен пайдаланыў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық тараўларында жаңа жойбарларды таярлаў мәселелери додаланбақта.

ӨзА