БМШ мағлыўматларына бола, 15-ноябрь күни дүнья халқы 8 миллиардқа жетти. Прогнозларға бола, 2030-жылда дүнья халқы 8,5 млрдқа, 2050-жылда болса 9,7 млрдқа жетиўи мүмкин. Сондай-ақ, 2023-жылы Ҳиндстан халқы ең көп мәмлекетке айланыўы күтилмекте.

15-ноябрь күни дүнья халқы 8 млрд шегарасынан өтти. Бул ҳаққында БМШ World Population Prospects 2022 прогнозларына тийкарланып хабар берди.

Улыўма статистикаға қарайтуғын болсақ, Европада 2050-жылға келип халықтың саны 10% ке азайыўы күтилмекте. Европа болса ең тез өсиўши аймақ болып қалмақта.

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги