Британиялы 11 жасар Юсуф Шоҳ IQ-тестте 18 жасқа шекем ушын максимал балл топлады ҳәм интеллект бойынша Стивен Хокинг ҳәм Алберт Эйнштейнди артта қалдырды. Бул ҳаққында Metro басылымы мәлим етти
Туўысқанлары Юсуф Шоҳты бәрқүлла акыллы деп айтканы ушын бир күни өспирим бул гәплердың ырас яки жалғанлығын тексерип көриўге қарар етеди.
Өзиниң интеллектуаллық қәбилетлерин баҳалаў ушын ол Менс IQ тестин тапсырды ҳәм рекорд балл алды. Оның нәтийжеси теориятик физиклер Стивен Хокинг ҳәм Алберт Эйнштейнникинен бир текше жоқары болды .
Хамре Қдырбаева ,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги