Лимон гриппте ең биринши жәрдемши ўазыйпаны атқарады. Бирақ буннан тысқары оның пайдалы қәсийетлери жүдә көп болып, оны әййемги заманнан берли пайдаланып келген. Лимонның айрықша қәсийетлери төмендегише:

– лимон өзинде көп бириктиўши тоқыма ҳәм кислоталарды сақлап, аўқат сиңириўди  жақсылайды ;
– лимон элементлер алмасыўын жақсылайды ;
-өзинде темир элементин сақлаўы арқалы, кем қанлылықта да пайдалы болып табылады;
–  лимон жүрек-қан системасын беккемлейди;
– грипп ҳәм тамақ аўырыўда ол тек ғана C группа витамини бар екенлиги себепли пайдалы болып табылады, ал ол гриппке қарсы нәтийжели гүреседи;
– гармонлар тең салмақлылығын услап турады ;
– иммунитетти беккемлейди.

Фарида Муслатдинова
ҚМУ дың Интернет журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги