Ҳәзирги күнде  ҳәмме компьютер ҳәм смартфонлардан пайдаланып атырғанлығына  қарамастан, қағаз баспалары арасында белгили журналлар бар. Келиң, дыққатымызды қайсы журналлар ҳәм  не себепли бүгинги күнге шекем өз ықласбентлерине ийе екенлигин билип аламыз. Үмит етемен, сиз  бул мақаланы оқыў ушын сарыплаған ўақытыңызға пушайман болмайсыз. Top.ru берген мағлыўматларға  бола, төмендеги журналлардың дизими бүгинги күндеде өз ықласбентлерине ийе. Бул журналлар қайсы журналлар екенине тоқталып өтемиз .

 

  1. Playboy

    Шөлкемлестирилген жылы : 1953 , АҚШ

“ Playboy”-Хю Хефнер тәрепинен тийкар салынған  ер адамларға арналған журналы (мағлыўмат орында еслетип өтемиз, ҳәттеки Хефнер ҳаққында компютер ойынлары да бар). Хефнер журналды жаратыў идеясын студентлик дәўиринде ойлап баслаған .  Журналды басып шығарыў менен  Хефнердиң жеке өзи шуғылланған.  Журнал ҳәр айда баспадан шығады.Журналдың логотипи: Артур Пол тәрепинен жаратылған “Қоян” белгиси. Журналдың рус тилиндеги  версиясы 1995-жылдан берли  баспадан шығып келмекте.

9. Hello


Шөлкемлестирилген жылы: 1988 ,Уллы Британия

Бул  журнал көбинесе мийманханалар ямаса емлеўханалардың қабыллаўханасында жийи ушырасады,  «Hello» журналында  көбинесе жәмийетте болып атырған жаңалықлар, тийкарғы тематикасы : кино жулдызлары, бизнес ҳәм спорт ҳаққында мағлыўмат. соның менен бирге, ҳәр бир жаңа санынында жулдызлар болжаўы, социаллық илажлар ҳаққында мағлыўматлар, өз-өзин  күтиў бойынша мәсләҳәтлер – улыўма алғанда, заманагөй ҳаял-қызлар ушын қызықлы болған мағлыўматлар бар. Журнал  және  бир өзгешелиги  менен ажаралып турады , тастыйықланған мағлыўматлар менен биргеликте , фейк мағлыўматларды баспадан шығарады. Соның менен бирге, реңли  фотосүўретлер  сапалы дәрежеде  басылып  шығады .

  1. People

Шөлкемлестирилген жылы: 1974 , Америка

Бул журнал ҳәр ҳәптеде  басылып  шығады ҳәм белгили  адамлардың турмысына арналған, ҳәзирги жаңалықлар  ҳаққында хабар  беретуғын Америка журналы. Айырмашылығы ҳәр жылы белгили шахслардың дизимлерин дүзеди, мысалы,  ” ең шырайлы адамлар” әлбетте, бул болса үлкен қызығыўшылық оятады.

7. Vogue


Шөлкемлестирилген жылы : 1892 , АҚШ

Vogue  Америкада 1892- жылы басылып шыққан. Басқа журналларға уқсамайды, керисинше бул Нью-Йорк ушын көбирек мағлыўматқа ийе  болған ҳәптелик мода журналы . 60 -70-жылларда журнал бағдарын өзгерип баслады. Оларға көбирек үй бийкелери  емес, ал  исбилермен ҳаяллар, олардың ҳәрекети  ҳаққында мақалаларды жазып баслады. Бүгинги  күнде Vogue барлық қызлар ҳәм ҳаялларға қызықлы мағлыўматларды береди:  мунәсибетлер, бояныў сабақлары ҳәм сызыў ҳаққында мағлыўматларды жазып барады.

  1. Glamour

Шөлкемлестирилген жылы : 1939 , АҚШ

Glamour  журналының өзи, әлбетте, унамлы мағлыўматларды жеткерип барады. Қызлар  бул журналды “Стиль” , тендентсияларды бақлап барыў ушын сатып алады. Бирақ, онда реклама етилетуғын кийимлерди ҳәмме де сатып алалмайды ҳәм олар аналогларды сатып алыўы мумкин. Жарқын, реңлер, унамлы, бул ҳәр бир бетке, ең жақсысына исенеди ҳәм ҳаяллардың турақлы түрде жаңа модадағы кийим-кеншеклерди сатып алыўды  қәлеўин келтирип шығарады. Журнал модадан тысқары белгили шахслар турмысындағы әхмийетли жаңалықларды да жазып барады.

  1. Esquire

Шөлкемлестирилген жылы : 1933 ,  АҚШ

Ҳаяллар да бос ўақытларында ер адамларға арналған журналды  көрип шығыўды абзал көреди, себеби бул журналда көплеген қызықлы илимий мақалалар бар. Бирақ, оның баҳасы қымбат. ( шамаменен  170  рубль – аймаққа байланыслы ). Бул саналы журнал әўметли адамлар ямаса әўметли болыўға  хәрекететип  атырғанлар ушын мөлшерленген.Esquire қызықлы дизайнге ийе , ҳәттеки оны қолыңызға алыў жағымлы. Дурыс, реклама жүдә көп, лекин ол қызықлы тәризде дүзилген – фактлерформасында. Журнал пикирлеў ҳәмраўажланыўды унататуғын оқыўшылар ушын  идеал болған ой-пикир жүргизиўушын ой салады . Соның менен бирге, бул журналда профессионаллар тәрепинен алынған өзгеше фотосүўретлер бар.

  1. GQ

Шөлкемлестирилген жылы : 1957 ,  Россия

GQ- көплеген қызықлы ҳәм пайдалы мақалаларға ийе ер адамлар ушын арналған журнал. Бул журналда сиз улыўма барлық  затты табыўыңыз мүмкин: саяхат, мода , сиясат  ҳәм басқа көп затлар ҳаққында темалар жарық көреди. Кино тамашагойлери, әсиресе, ” кино” бөлими унайды, себеби бул бөлимде  филмьлердиң характеристикалары, соның менен бирге, қайсы филмьлер қашан шығарылған ҳәм қайсы филмьлер енди шығарылатуғыны ҳаққында сөз  етеди. Соның менен бирге, ” музыка”, ” китаплар” бөлимлери  (китаплар, журнал редакциясы тәрепинен усыныс етиледи) . Журнал рекламаны есапқа алған ҳалда 288 беттен ибарат .

3. Cosmopolitan

Шөлкемлестирилген жылы: 1886 жыл , АҚШ

Cosmopolitan журналы 1886 –жылы  Нью-Йоркта Шлихт &Филд компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәм дәслеп тек жоқары жәмийеттеги адамлар ушын арналған журнал еди. 1905-жылы бул журнал редакциясын Вилям Рэндолф Херст сатып алды. Ол журналды өзгерти, оны мақалалар ҳәм әжайып баспаны бирлестирген көркем әдебиятқа байланыслы баспаға айлантырды. Соннан кейин, ески  журнал темасы қайта -қайта өзгертирилди, енди журнал дүняь модаларынан тысқары әлемде жүз берип атырған ўақыялардыда жазбақта, заманагөй ҳаяллардың барлық мәселелерине тоқталып өтеди ҳәм текстлер тема  ҳақыйқый қәнигелер тәрепинен жазылады.

2. Newsweek

Шөлкемлестирилген жылы  : 1933, Америка

Бул журнал шын мәнисиндеги көркем өнер шығармасы болып табылады. Журналда жәҳән журналистикасының ҳақыйқый қәнигелери тәрепинен жүдә қызықлы мақалалар жазады. Тематикасы  : економика, билимлендириў, сиясат, мәденият. Журнал ҳәр ҳәптеге басылып  шығады , улыўма тыражи 100 миллионнан аслам

  1. National Geographic

    Шөлкемлестирилген жылы : 1888 ,АҚШ

Бул дизимдеги ең жақсы журнал, себеби оның қызықлы мағлыўматқа мақалалары  ҳәм сүўретлери эстетиклик  заўық бағышлайды. Журналда  турақлы рубрикалар тысқары арнаўлы баспалар да бар. Оқыўшыларға материалдың презентациясы : текст жүдә көп, лекин ол бет бойлап қолай тәрзиде тарқатылады, көлемли бөлимлерге бөлинеди.  Журнал тек ғана ҳәўескерлер, ушын емес ал,  тәбияат ҳаққында билетуғын қәнигелер ушын да мөлшерленген

 

Хамре  Қдырбаева
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги