Мәмлекетимизде ҳәр жыл сайын ноябрь айының екинши шембиси-Медицина хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленип келинбекте. Сондай-ақ, быйылғы байрам «Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы менен қабатласып келгенлигин айтып өтиҳимиз керек.

Усы қос байрам мүнәсибети менен Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында салтанатлы илаж болып өтти.

Онда орайдың бас шыпакери Д. Мадреймова, орынбасары А. Аминова, кәсиплик аўқам комитети баслығы Г.Хабиповалар шығып сөйлеп, мийнет жәмәәтин кәсиплик байрам ҳәм «11-ноябрь―Кәсиплик аўқамлары күни» менен қызғын қутлықлады ҳәм бир қатар мийнет алдынғыларына орайдың Ҳүрмет жарлықлары менен естелик саўғаларын тапсырды.

Илаж соңында орай шыпакери З.Асанова шығып сөйлеп, өзлерине көрсетип атырған айрықша итибары ушын шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.

Г.Хабипова,

Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакери.

Кәсиплик аўқам комитети баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.