Уллы Британия қорғаныў министри Бен Уоллес мәмлекетте F-35 қырыўшы-бомбалаўшы самолётларын басқара алатуғын ушыўшылар жетиспей атырғанына түсиник берип, ушыўшылардың қурамын таярлаў бәрқулла кешигип атырғанын, оқытыў ислери сегиз жылға созылып атырғанын атап өтти.

«Бизиң ушыўшыларды таярлаў кестемиз мен қәлегендей басқышта емес», – деди Уоллес 1-ноябрь күни Британия Парламентиниң лордлар Палатасы комитетинде шығып сөйлеп. Ол бул жағдайды «бираз машқалалы» деп атаған. Министрдиң түсиндириўинше, ушыўшыларды таярлаў турақлы түрде кешиктирип келинеди, оқытыў процесслери болса белгиленген мақсетли көрсеткиш есапланған еки-үш жыл орнына сегиз жылға шекем созылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги