«Талибан» тәрепинен дүзилген Аўғанстан ўақытша ҳүкимети баслығының орынбасары Абдул Ғани Барадар Қытайдың Қабулдағы елшиси Ван Юдан Пекин Аўғанстанды «Бир мәкан, бир жол» басламасына тартыўды сорады. Бул ҳаққында Барадан өзиниң социаллық тармағында хабар берди.
«Талибан» ҳүкимети баслығының орынбасары Қытай дипломатиялық миссиясының басшысы бул тема бойынша пикирлерге анықлық киргизбеген.
«Қытай ҳәм Аўғанстан тарийхый байланысларға ийе, Аўғанстан Ислам Әмирлиги бул қатнасықларды даўам еттириўди қәлейди», деди Барадар.
Оның сөзлерине қарағанда, Қытай ҳүкиметиниң Аўғанстан экономикасына инвестиция киргизиўинен жаңа аўған рәсмийлери мәпдар.
Ван Ю Пекин жақын арада «Қытайдың басламасы менен әмелге асырылып атырған жойбарлар, сондай-ақ, Жәҳән банки ямаса Азия раўажланыў банки тәрепинен қаржыландырылған, бирақ еле жуўмақланбаған басқа да ири жойбарлар бойынша әмелий жумысларды тиклеў нийетин билдирди», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги