Ташкентттиң «Ҳумо» клубы хоккей бойынша Қазақстан ашық чемпионатының гезектеги туры шеңберинде Петропавловсктиң «Қулагер» командасы менен өзиниң екинши ойынын өткерди.
Қызықлы өткен ойынның 27-минутында Герман Сауков ташкентли хоккейшилерди есапта алдынға алып шыққан болса, Евгений Гевель арадағы есапты теңлестириўге миясар болды.
Ойын ушын қосып берилген овертаймда «Ҳумо» сәрдары Максим Трунев өз командасына жеңис алып келген шайбаны «Қулагер» дәрўазасына урыўға еристи.
Бул жеңистен соң ташкентли хоккейшилер 6-орыннан 5-орынға шығып алды. Енди «Ҳумо» хоккейшилери гезектеги ойында «Сарыарқа» командасы менен ойынға түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.