Ташкентте дзюдо бойынша өткерилген 35-жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти.

Кеше командалар арасында өз-ара жарыс болып өтип, дәслепки басқышта Өзбекстан сайланды командасы Австрияны жеңилиске ушыратып кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизген еди. Бирақ, дзюдошыларымыз екинши басқышта Израилға жеңилип қалды.

Оғада қызықлы болып өткен беллесиўлер жуўмағында, Япония сайланды командасы барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, алтын медальларды қолға киргизиўге миясар болды.

Гүмис медаль болса франциялы палўанларға, қола медальллары Германия ҳәм Израил сайланды командасына несип етти.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы