Чемпионларды жеңген Музаффар

Дзюдо бойынша өткерилип атырған жәҳән чемпионатының алтыншы күни өзбекстанлы дзюдо ықласбентлерине бийтәкирар мәўритлерди, шырайлы беллесиўлерди сыйлағаны менен есте қалатуғын болды.

Күн даўамындағы беллесиўлерде еки жерлесимиз медальлар ушын гүрес алып барды.

Қызлар арасында 78 килограмм салмақта сыйлы орынлар ушын беллескен Ирисхан Қурбанбаева дәслепки ушырасыўын польшалы Бита  Пасут-Кложко менен өткерди. Теңдей гүреслерден ибарат тийкарғы ўақытта еки спортшы да нәтийжеге ерисе алмады. Қосымша ўақытта болса Европа ўәкилиниң қолы бәлент келди.

Давлат Бобоновтың жәҳән чемпионлығына ерисиўи бүгинги беллесиўлдерде қайсыдур мәниде Музаффарбек Тўрабоевқа руўхый күш бағышлады. Бул өткерилген ҳәр бир ушырасыўда жерлесимиздиң руўхый үстинликтеги ҳәрекети көрингендей болды. Қәбилетли спортшымыз дәслеп АҚШ, кейин Грузия, ярым финаль алдынан Канада, ярым финальда  Нидерландия ўәкиллерин жеңип, финальға жол алды.






























Әлбетте, жеке гүрес спорт түрлеринде, әсиресе, дзюдо жарысларында олимпиада ойынларына қарағанда, жәҳән чемпионаты беллесиўлеринде медальларға ерисиў жүдә қыйын ўазыйпа. Себеби, төрт жыллық ойынларда ҳәр бир салмақта спортшылар рейтинг ҳәм олимпиада системасының жағдайында ажыратылып атырған орынлар тийкарында қатнасса, жәҳән чемпионатында қатнасып атырған ҳәр бир спортшы кеминде өзиниң елинде чемпион ямаса жәҳән, олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси есапланады.

Сол мәниде, Музаффарбектиң алтын медальға шекем өткерген ҳәр бир гүреси финаль дәрежесиндеги беллесиў болды, деп айтыў мүмкин.

Жерлесимиздиң канадалы Кайл Рейеске қарсы гүреси оғада қыйын өтти. Музаффарбек әскерлер арасында, оның қарсыласы болса жаслар арасында жәҳән чемпионы болып табылады. Ҳәр еки чемпионның 35-жәҳән бириншилигинде барлық жетекши дзюдошыларды жеңип финальда жүзбе-жүз келиўи де өзине тән ўақыя болды.

Канадалы спортшы Халықаралық дзюдо федереациясы рейтингинде 31-орында, Тўрабоев 27-текшеде баратырғанына қарамастан, қәбилетли спортшымыз имканиятты қолдан жиберип турған жерде өзиниң тырысқақлығын көрсетти ҳәм орынлы түрде канадалы спортшыны соңғы секундларда жеңди.

Халқымыздың палўан перзенти М.Тўрабоевтың жәҳән чемпионатында алтын медальға ийе болыўы сайланды командамыздың медальлар ғәзийнесин 2 алтын медаль менен байытты және Өзбекстанның 82 мәмлекет арасынан 3-орынға көтерилип алыўын тәмийинледи.

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы