Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 4-турынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.
H топарынан орын алған ойында топар жетекшилери «ПСЖ» ҳәм «Бенфика» өз-ара гүрес алып барды. Ушырасыўдың 39-минутында Килиан Мбаппе пенальтиден гол урып ойындағы есапты ашқан болса, 62-минутта Жоау Мариу да пенальтиден гол урыўға еристи.
Ушырасыўдың қалған минутларында дәрўазаларға басқа гол урылмады.
Ал, G топарында Дортмундтың «Боруссия» клубы Испанияның «Севилья»сын өз майданында қабыллап, 1:1 есабында ойнаўға еристи. Ушырасыўдың 18-минутында Нянзу «Севилья»ны алдынға алып шыққан болса, 35-минутта Беллингхем есапты теңлестириўге миясар болды.
Ал, Италия чемпионы «Милан» болса, өз майданында Лондонның «Челси» клубына 0:2 есабында жеңилип қалды.
Испания гранты «Реал» бул турда сапарда Донецктиң «Шахтёр» клубы менен 1:1 ойнады.
Сондай-ақ, «Динамо» Загреб «Зальцбург» клублары арасындағы ойында да 1:1 есабы тәкирарланды. Германияның «Лейпциг» и сапарда Шотландияның «Селтик» клубын 2:0 есабында жеңип шығып, өз упайлар санын 3 ке көбейтип алды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы