Халықаралық атом агентлиги (МАГАТЭ) бас директоры Рафаэль Гросси тез арада Россияға, кейин Запорожье атом электр станциясы әтирапында қәўипсизлик аймағын жаратыў бойынша келисимге ерисиў ушын Украинаға баратуғынын айтты.
«Станцияны сыртқы электр энергиясы менен тәмийинлеўдиң бирден-бир дәрегин қайта оққа тутыў оғада жуўапкерсизлик. Запорожье АЭСин қорғаў керек. Мен жақында Россияға, кейин Украинаға бараман. Бул мәмлекетлердиң басшылары менен станция әтирапында ядролық қәўипсизлик зонасын жаратыў бойынша сөйлесиў өткеремен», деди Гросси.
МАГАТЭ бас директоры орынбасарының атап өтиўинше, Запорожье АЭСи оққа тутылыўы ақыбетинде электр тәмийнаты ушын жалғанатуғын соңғы сыртқы дәрегинен де айырылды.
Гросси өткен айда да Москва ҳәм Киевте болып, еки мәмлекет басшылары менен сөйлесиў өткерген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги