Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейҳун Байрамов армениялы кәсиплеси Арарат Мирзоян менен АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкенниң қатнасыўындағы телефон арқалы сөйлесиўинде Баку Армения менен тынышлық шәртнамасына қол қойыўға таяр екенлигин тастыйықлады. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети мәлим етти.

«Министр Әзербайжан регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў тәрепдары екенин ҳәм тынышлық шәртнамасына қол қойыўға таяр екенин және бир мәрте тастыйықлап, Баку Әзербайжанның Қарабақ регионында жасаўшы армения халқының реинтеграциясы бойынша жумысларды даўам еттиретуғынын атап өтти», делинеди баянатта.

Сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматына бола, телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Баку ҳәм Ереван арасындағы қатнасықты нормалластырыў процесиниң басқа да бағдарлары бойынша раўажланыўға ерисиў ушын байланысты даўам еттириўге келисилген.

ӨзА