Үлкен Гүрдирсин қорғаны бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер, эрамыздың III, XII-XIII әсирлерине тийисли археологиялық естелик болып, Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районы аймағында жайласқан.
Тарийхый дәреклерге қарағанда, бул қорған антик дәўирде пайда болған ҳәм Әййемги Хорезмниң ең үлкен қорғанларының бири болып табылады.
Үлкен Гүлдирсин қорғаны 350х230 метр өлшемге ийе төртмүйешлик формасында қурылған. Қорғанның дәрўазасы шығыс дийўалдың ортасында жайласқан.
Қорған дийўалларының төменги бөлиминдеги антик дийўаллар ҳәм минаралар пақсадан, оның кейинги бөлимлери болса қамгербиштен қурылған. Дийўаллары ҳәзирги ўақытқа шекем өз бәлентлигин жойтпаған ҳәм айырым жерлеринде ол 15 метрге шекем жетеди. Кейин ала XII-XIII әсирлерде бул дийўал Хорезмшахлар дәўиринде қайта қурылған. Қорған еки қабатлы беккем минараларға ийе сыртқы дийўал менен беккемленген.
Мағлыўматларға қарағанда, орта әсирлерде қорғаннан тек ғана стратегиялық мақсетлерде пайдаланылған ҳәм бул жерде дерлик халық жасамаған. Қазыў жумыслары ўақтында қорғанның ишинен антик ҳәм орта әсирлерге тийисли көплеген сапал буйымлар, қоладан исленген буйымлар ҳәм безеўлер, теңге пуллар табылған. Усы табылмалардан анықланыўынша, Үлкен Гүлдирсин аймағындағы ең соңғы халық жасаған дәўир – Хорезм монғоллар тәрепинен жаўлап алынған Муҳаммед Хорезмшах ҳүкимранлық еткен дәўир – 1220-жылларға барып тақалады.
Бул қорған менен байланыслы халық арасында көплеген аңызлар тарқалған.
Төменде сиз усы қорғанның ҳәзирги көринислерин тамашалаўыңыз мүмкин.
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.