30-сентябрь күни Москвада ҒМДА мәмлекетлери қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызмети басшыларының 18-мәжилиси болып өтеди.

Бул ҳаққында Россияның «РИА Новости» мәлимлеме агентлиги мәлим еткен. Хабарға бола, ҳәр жылы өткерилетуғын илажға Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан делегациялары қатнасады.

Мәсләҳәт уйымының жумысы шеңберинде Россия Президентиниң Дослық аўқамы мәмлекетлери арнаўлы хызмет басшылары менен видеоконференция арқалы ушырасыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги