Талибан БМШ Бас Ассамблеясында шығып сөйлемегенин әдалатсызлық, деди. Талибан ҳәрекетиниң Дохадағы сиясий уйымының басшысы Муҳаммад Шоҳин Аўғанстанның әмелдеги рәсмий ўәкиллери Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 77-сессиясы улыўма сиясий дебатына қатнаса алмағанын «тиккелей әдалатсызлық», деп атады. Бул ҳаққында ол социаллық тармақ арқалы төмендегише мәлим етти:

«Аўған халқы жигирма жыллық гүрестен кейин өзи ушын қәдирли болған ҳәмме нәрсени қурбан етип, ғәрезсизликке еристи.

Аўғанстан Ислам Әмирлиги ҳүкимети бул ҳақыйқатты өз ўәкиллери арқалы БМШтың Бас Ассамблеясында еситтириўи зәрүр еди. Аўғанлар буған ҳақылы еди. Бул ашықтан-ашық әдалатсызлық».

БМШ Бас Ассамблеясының 77-сессиясы жумыс басламастан бираз алдын арза бергенине қарамастан, Аўғанстан ўәкили бул илажға қатнаспады.

ӨзА