22-25-сентябрь күнлери Ташкент ўәлаяты Алмалық каласында спорттың “Усманов Комбат системс” түри бойынша жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Азия чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа көплеген еллердиң жас спортшылары қатнасты.
Республикамыздың спорт жанкүйерлери ушын ең әҳмийетли тәрепи сонда, чемпионатқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Қараөзек районлық Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары да мүнәсип түрде табыслы қатнасып қайтты.
Атап айтқанда, чемпионат жуўмағында барлық қарсыласларын жеңип шыққан Алпамыс Ўәлиев, Азизбек Қошмуратов, Наргиза Рустемовалар биринши орынды ийелеп, Азия чемпионы атағына миясар болды. Ал, және бир жас спортшымыз Сәлимжан Бекбосынов болса, финальда жеңилип қалып, гүмис медаль ийесине айланды.
Бүгин бул чемпионлар Нөкис қаласында район ҳәкимлиги ҳәм спорт мектеби жәмәәти салтанатлы жағдайда күтип алып, қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлады.
Спортшыларды жарысқа тренер Алпамыс Сейтжанов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы