Топыраққала Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районы аймағында жайласқан бизиң эрамыздың II-IV әсирлерине тийисли тарийхый естелик болып есапланады.
Бул жерде дәслеп 1938-1950-жылларда профессор С.П.Толстов басшылығында археологиялық изертлеў жумыслары алып барылған. Соңынан бул жерде профессор Ю.А.Рапопорт ҳәм Е.Е.Неразиклер изертлеўлер алып барып, оның нәтийжелери Москва қаласында «Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясының жумыслары» топламында басып шығарылған.
Топыраққала ҳаққында қарақалпақстанлы алымлар Ғ.Хожаниязов ҳәм Ж.Ҳәкимниязов авторлығында 2004-жылы басып шығарылған «Қарақалпақстанның жети әжайып естелиги» китабында кең түрде тоқтап өтилген. Сондай-ақ, М.Мәмбетуллаев, М.Туребеков, О.Юсуповлардың авторлығында 2010-жылы Нөкисте басып шығарылған «Қарақалпақстан тарийхы» мийнетинде де бул естелик ҳаққында мағлыўматлар ушырасады.
Топыраққаланың жобасы меридиан бойынша туўры төртмүйешликтен (500 м х 350 м) ибарат болып, еки қатар қалың қорган дийўал менен қоршалған. Сыртқы тәрепинен айландырылып қәндек қазылған. Бул қәндектен қалаға тек оның қубла дийўалы ортасындағы дәрўазасы тәрептеги аспа көпир арқалы кирилген. Тарийхый дәреклерде жазылыўынша, Топыраққала II-IV әсирлерде Хорезм мәмлекетиниң пайтахты болған. Қала ҳәм оның ишиндеги патша сарайы Хорезмниң Кушанлар дәўирине тийисли мәдениятын өзинде сәўлелендиреди. Пайтахт ўазыйпасын атқарған Топыраққала оғада беккем етип қурылған.
Профессор С.П.Толстов басшылығында 1937-жылы басланған Хорезм археологиялық-этнографиялық экпедициясының изертлеў жумысларының нәтийжесинде эрамыздың екинши ҳәм үшинши әсирлеринде пайтахт Топыраққала болғанлығы, IV әсирдиң басында Пилқалаға көширилгенлиги анықланған.
Топыраққаланың улыўма майданы 17,5 гектар болып, сол ўақыттағы әскерий архитектура жетискенликлери үлгисинде салынған қала дәрўазасынан ишке кириў оның қурылысы менен бийтаныс адамлар ушын қыйын болған. Себеби, дәрўаза алдындағы лабиринтли, яғный, туйық қолтықшаларға ийе ийрек етип қурылған қосымша қурылыс өз алдына бекинисти еслетеди.
Төменде Топыраққала археологиялық естелигинен түсирилген фотосүўретлерди тамашалаўыңыз мүмкин.
Фотолар авторы: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.