Иран Ислам Республикасының ШБШға ағза мәмлекет статусын алыў ушын миннетлемелери ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
ШБШ Бас хаткери Чжан Минг бүгинги күнди Иран ушын да, шөлкем ушын да әҳмийетли күн деп атап өтти.
Иранның қатнасыўшы мәмлекетлер топарына кириўи Шанхай бирге ислесиў шөлкемин беккемлейди. Меморандумда нәзерде тутылған барлық миннетлемелер орынланғаннан соң, Иран Ислам Республикасы ШБШның толық ағзасына айланады.
Еслетип өтемиз, 2005-жылы Иран ШБШда бақлаўшы мәмлекетке айланды. Мәмлекеттиң шөлкемге толық ағзалығына кирисиў процеси 2021-жылы басланған.
ӨзА