Европа чемпионлар лигасының 2-туры шеңберинде бир қатар ойынлар болып өтти.
Германиялы белгили тренер Томас Туххелди отставкаға жиберген Лондонның «Челси» клубы өз майданында Австрияның «Ред Булл Залцбург» клубы менен өз-ара ушырасып, 1-1 есабында ойнады.
Ушырасыўдың 48-минутында Рахим Стерлинг «Стэмфорд Бриж»дағы англиялы жанкүйерлерди қуўанышқа бөлеген болса, 75-минутта Окафор есапты теңлестирип, австриялыларға 1 упай алып берди.
Ал, жулдызлы қурамға ийе Францияның «ПСЖ» сы Израилға сапар етип 1-3 есабында жеңиске еристи. Қызықлы тәрепи сонда бул ойында команданың үш «жулдызы» Месси, Мбаппе ҳәм Неймар гол урыўға миясар болды.
Ал, Туринниң «Ювентус» клубы болса, күтилмегенде өз майданында 1-2 есабында утылып қалды.
Сондай-ақ, бул турда «Копенгаген» – «Севилья» менен 0-0, «Рейнжерс» «Наполи» менен 0-3, «Реал Мадрид” РБ “Лейпциг» пенен 2-0, «Манчестер Сити» «Боруссия Дортмунд» пенен 2-1 есабында ойнады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы