Июль айында Қарақалпақстанда жүз берген тәртипсизликлердиң жүзеге келиўи ҳәм усы ўақыяларда айыпкер адамларды анықлаў бойынша арнаўлы комиссия жумыс алып бармақта.

 Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова басшылық етип атырған комиссия пуқаралардан келип түсип атырған көплеген мүрәжатлардан келип шыға отырып, Қарақалпақстанда жүз берген ўақыяларда тийкарғы гүманланып атырған ҳәм ҳәзир тергеў процесиндеги адамлар менен жеке тәртипте сәўбет алып бармақта.

Бунда тийкарғы итибар жүз берген тәртипсизликлерге қатнасып, жынаят иследи деп айыпланып, қамаққа алынғанлардың қылмысларынан пушайман екенине қаратылмақта.

Сондай-ақ, оларды сақлаў шараятлары инсан ҳуқықлары принциплери тийкарында шөлкемлестирилип атырғаны ҳәм бул жағдайлар қалыс үйренилиўи дыққат орайында.

Комиссия ағзалары усы күнлерде тергеў қамақханасында сақланып атырған қараўында жас өспирим перзентлери болған, шаңарақлық шараяты ҳәм социаллық жағдайы аўыр болған адамлар менен ушыраспақта.

Белгили болғанындай, елимизде алып барылып атырған адамгершилик, кеңпейиллик сиясаты тийкарында инсан қәдирин улығлаў, кеширимли болыў, оларға жеңиллик бериў сыяқлы идеялар жәмленген.

Усы көз қарастан Комиссия ағзалары тергеў қамақханасында сақланып атырған және сорастырыў процесслеринде шын жүректен пушайман болған адамлар менен ушырасыўы, сондай-ақ, олардың жақын туўысқанлары тәрепинен айтылған себеплерди қалыс тексериўди мақсет еткен ҳалда үйрениўлерди даўам еттирмекте.

Омбудсманның мәлимлеме хызметинен мәлим етилиўинше, Комиссия пуқаралардан келип түсип атырған мүрәжатларды көрип шығыў ҳәм тийисли тәртипте өзиниң пикир-усынысларын бериўди режелестирген.

Н.Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы