Азбақшы болып диета сақлап атырғанларға қызыл тарелкалар пайдалы болыўы мүмкин екен. Бул ҳаққында изертлеўшилерге тийкарланып «Daily Mail» жазбақта.
Немис ҳәм швейцар илимпазларының өткерген изертлеў мағлыўматларына исенетуғын болсақ, қызыл тарелкалардан аўқатланатуғын, қалаберди, мине усы реңдеги ыдыслардан ишимлик ишетуғынлардың тутыныў көрсеткиши 40 процентке шекем азайып кетеди екен.
Илимпазлар буның себебин қызыл рең әдетте қәўип түсиниги менен үнлес келиўинде деп ойламақта.
Жоқарыдағы изертлеўге 41 студент тартылған. Алдын оларға қызыл ҳәм көк стаканларда чай берилген, сынаў жуўмағында қызыл стаканлардағы чай көк стаканлардағыға қарағанда 44 процент аз ишилгени мәлим болды.
Изертлеўдиң екинши бөлиминде студентлерге ҳәр бирине он данадан қақланған гүлше салынған ақ, қызыл ҳәм көк тарелкалар тарқатылды. Онда да жоқарыдағы жағдай: қызыл тарелкасы барлар, басқаларға қарағанда азырақ гүлше жеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги