Америка пуқараларының ярымынан көби АҚШ Президенти Джо Байденниң әмелдеги сыртқы сиясатын қоллап-қуўатламайды.

«The Economist» басылымы «YouGov» компаниясы менен биргеликте өткерген социаллық сораў нәтийжелери соннан дәрек бермекте.

«YouGov» Британияның пүткил дүньяда жәмийетлик ҳәм маркетинг сораўларын өткериўге қәнигелескен комания болып табылады.

Байденниң сыртқы сиясатын қоллап-қуўатламайтуғын респондентлердиң жәми 50,47 процентинен 36,7 проценти кескин ҳәм 13,77 процентиниң бир бөлеги қарсы екени белгили болған.

Сораўда қатнасқан америкалылардың 40,23 проценти әмелдеги Президенттиң сыртқы сиясатын мақуллайды, олардан тек ғана 15,68 проценти толық тәрепдар.

13-16-август күнлери өткерилген изертлеўе бир ярым мың, тийкарынан, үлкен жастағы пуқаралар қатнасты. Нәтийжениң болжамлы қәтеси, шама менен,  3 процент болыўы мүмкин екени айтылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги