«Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының хызметкерлеринен ибарат команда жақында жаслар арасында футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын өткерилген жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышында биринши орынды ийелеген еди.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Қоңырат районының ҳәкими Б.Мадаминов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Ш.Тогаев, кәрхананың бас директоры Ж.Мустафаев команданы қолға киргизген әжайып жеңиси менен қутлықлады ҳәм жарыстың келеси басқышында әўмет тиледи. Қоңырат районының ҳәкимлиги,  Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы тәрепинен команда ойыншыларының ҳәр бирине және тренерине Ҳүрмет жарлығы ҳәм 10 миллион сумлық сертификат тапсырылды.

Илаж даўамында қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Мийманлар сондай-ақ, кәрхананың жумысы, өндирис процесслери, режелестирилип атырған жойбарлар, жумысшыларға жаратылған шараятлар, «Жаслы мәкан» улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде алып барылып атырған жумыслар, «Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеп атырған «Жаңа Өзбекстан» массивиндеги қурылыс жумысларының жойбарлары менен жақыннан танысты.

Илаж шеңберинде посёлка турғынлары ҳәм белсендилери менен ушырасыў өткерилип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги