Түркияның Конья қаласында Ислам тилеклеслиги ойынлары қызғын даўам етпекте.
Бүгинги күнге шекем 16 медальды қолға киргизген Өзбекстан сайланды командасы улыўма командалық есапта Түркия ҳәм Иран сайланды командаларынан соң 3-орынды ийелеп келмекте.
Күни кешеги жарысларда спортшыларымыз жәми 16 медальды қолға киргизди. Соннан алтаўы алтын, төртеўи гүмис ҳәм алтаўы қола медаль болып есапланады.
Атап айтқанда, таэкводошы Шуҳрат Салаев, еркин гүресши Жаҳонгирмирзо Туробов, бийикликке секириў секторында 1.97 см нәтийже көрсеткен Сафина Садуллаева, снаряд ылақтырыўшы Шуҳрат Хўжаев, пара жеңил атлетикада бийикликке секириўши Омадбек Ҳасанов ҳәм велоспортшы Ольга Забелинскаялар алтын медальға миясар болды.
Бүгин Өзбекстан делегациясы ағзалары 5 спорт түринен жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.
Соның ишинде Қарақалпақстан Республикасынан грек-рим гүреси бойынша 63 кг салмақта Төребек Тиркашев, ҳаял-қызлар (еркин) гүресинен 65 салмақта Арыўхан Жумабаевалар чемпионлық ушын қурға шығады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы