Қазақстан миллий қәўипсизлик комитети Президент Қасым-Жомарт Тоқаевқа қастыянлық иследи деген гүман менен қолға алынған адамды ашықлады.
Бул ҳаққында «Anadolu» агентлиги мәлим етти. 3-апрель күни Қазақстан контрразведкасы Қасым-Жомарт Тоқаевқа қастыянлық уйымластырмақшы болған сырт ел разведка агенти ҳәм бир қатар жоқары мәртебели мәмлекетлик хызметкерлерди қолға алды. Қазақстан миллий қәўипсизлик комитетиниң мағлыўматларына қарағанда, гүманланыўшы арнаўлы хызметлер ҳәм ҳуқық-қорғаў уйымларының хызметкерлерине қарсы терроршылық ҳәрекетлерин ислеўди де режелестирген.
Ҳәзир миллий қәўипсизлик комитети Атиқаев Аянға Қазақстан Республикасы жынаят кодексиниң 24-статьясы 1-бөлими ҳәм 255-статьясы 4-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятлар бойынша жынайый ис бойынша тергеў алып бармақта. Сондай-ақ, департаменттиң атап өтиўинше, тергеў мәплерине сәйкес келетуғын басқа да мағлыўматлар жәрияланыўы мүмкин емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги